2022-03-17 19:02:31
Бәндирги Әдеттегидей, оқыўымнан шығып үйиме жеткенше асықтым.
4..14...33...11....
Бүгин студентлер сабақларынан ерте шықтыма? Яки, жолаўшы тасыйтуғын "Дамас"лар саны аз ба?
-Әне, киятыр! 15 автовокзалға барады екенғо..-қасымдағы бир топарда оқыйтуғын дос қыз мени "Жақсы жетип ал"-деп шығарып салды...
Университеттен...Таза автовокзалға дейин...еле тәўир-ақ жол бар....
Кими студент, кимиси баласы менен жүрген жас келиншеклер, кимиси жумысынан қайтқан жумысшылар...
Жолда кетип барар екенбиз, қаламыздың күннен-күнге сулыўланып атырғанын көрип көзим қуўанады....
Ал, маршрут ойлы-бәлент оңлаўға келип турған жолларға жеткен ўақытта "Бул жер еле зор болады" деген қосығыңды айтып кете бересең...
Узыннан узақ ойларымды жас баланың даўысы бөлип жиберди..
-Аға! "Бәндирги" де тоқтап кетиң, түсип қалайын...-деди ишиндеги бир жас бала.
-Я?- ол ағаның да ҳайран қалғаны билинип тур..Себеби, "бәндирги" деген сөзден гөре "остановка", "пешеход" сияқлы жаргон сөзлерге қулағымыз үйренип кеткен.
-"Бәндирги" де қалайын, аға!-деп жолаўшы бала рахметин айтып түсип кетти.
Қасымдағы жолаўшы да ҳайран..
-Жаңағы түскен бала қазақша сөйледиме?!
-Яқ, "остановка" қарақалпақшада "бәндирги" деп айтылады аға-дедим.
-Ҳаў бала, мен "бәндирги" деген сөз қазақша деп ойлап жүр едим..
Қарақалпақ тилимиз шынында да бай тилғо- деди де ол да "бәндирги" де қалды.
Аўа, қарақалпақ тилимиз расында да бай тил! Бирақ, оны күннен-күнге өзимиз жарлы етип баратырғандаймыз...
Усы жас бала сияқлы сөзлик байлығымызды өз орынында пайдаланып, нағыз қарақалпақша сөйлеп жүрсек қәйтеди?
Себеби, инсәният қәле өмирде болсын, қәле жолда-
жол жүрип баратырған мисли жолаўшылармыз..
Алдымызда бизди күтип турған қанша "бәндирги"лер бар...
Бийбисара Худайназарова
ҚМУ Журналистика қәнийгелиги 1-курс магистранты.
@bkadirbergenov
237 views16:02