Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын Қураны Кәриймнен 1 ҳәрип оқысақ, 10 саўап жазылады ? | Не ушын

Не ушын Қураны Кәриймнен 1 ҳәрип оқысақ, 10 саўап жазылады ?

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап жазылады, жазылғанда да он есе етип жазылады. «Әлиф ләм мим» бир ҳәрип демеймен. Ал, «Әлиф» бир ҳәрип, «Ләм» бир ҳәрип, «Мим» бир ҳәрип – деди.
Имам Термизий рәўияты.

Егер Қураны Kәриймдеги ҳәриплердиң саны шама менен 340740 дана деп алсақ ҳәм оны 10 ға көбейтсек, нәтийже 3407400 болады.
Егер бизлер ҳәр айда Қуранды бир мәрте хатм етип барсақ, онда Аллаҳтың инаяты менен бир жылда 40888800 дана саўапқа ийе боламыз.

Каналымыз | @ne_ushin