Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын ғарғалар дүнядағы ең ақыллы қуслар деп аталады? Na | Не ушын

Не ушын ғарғалар дүнядағы ең ақыллы қуслар деп аталады?

Nationalgeographic.com сайтының берген мағлыўматларына қарағанда дүнядағы ең ақыллы қус бул ғарға. Көп излениўлер соны көрсетеди, ғарғалар ўақыя ҳəм ҳəдийселерди түсинеўи, ақылый жақтан пикирлей алыўы, беске шекем есаплаўы ҳəм инсан жүзлерин еслеп қалыўы мүмкин екен .

Жəнеде олар өзи жасап атырған орындағы ҳəр бир обйектлерди, инсанлардың жүзлерин, қайсы ўақытта үйде болыўын, қайсы ўақытта келетуғынын, машиналардың реңин еслей алыў қəбийлетине ийе . Ҳəттеки, ғарғалар шаңарағында өз ара суд процесси бар болып, қарар шығарыўшы, жəбирлениўши ҳəм де айыпкер болады екен.

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @ne_ushin