Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚ Ханлардыӊ дǝӯиринде саған Жетипбеди сан қарақалпақ | Не ушын

ҚАРАҚАЛПАҚ

Ханлардыӊ дǝӯиринде саған
Жетипбеди сан қарақалпақ?
Сан деген не, болған жоқ па–
Өз үйиӊ – зиндан, қарақалпақ!

Өткен ҳал бар ма есиӊде
Не көрдиӊ ханлар тусында
Аталдыӊ олар ишинде
«Еси жоқ, аӯан қарақалпақ».

Қол салды намыс-арыӊа
Қулақ салмады зарыӊа
Сол қорлықтан бедениӊе
Жуӯырмады қан қарақалпақ.

Келешекке салмасаӊ сер
Шубалысар буннан бетер
Талабыӊ қыл билим-өнер
Боларсаӊ аман қарақалпақ.

Аманлықта ойланбасаӊ
Белди буӯып сайланбасаӊ
Уйқыӊды ашып оянбасаӊ
Жетилмек гүмǝн қарақалпақ.

Уйқылаған ел көркейе алмас
Жетилген елдей бола алмас
Еркинликтен пайда алалмас
Ел болса надан қарақалпақ.

Наданлық кетпей постыӊнан
Қорлық көрерсеӊ достыӊнан
Өткизбе исти үстиӊнен
Бул сөзге инǝн, қарақалпақ.

(Сейфулғабит Мǝжитов. Шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан»,1992, 55-56-бб)

Каналымыз @ne_ushin