Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын шексизлик белгиси бундай көринисте ? — Шексизлик б | Не ушын

Не ушын шексизлик белгиси бундай көринисте ?

— Шексизлик белгиси Әййемги грек тилиндеги "Lemniscate" сөзинен алынған болып "лента" деген мəнисти аңлатады, шексизлик белгисиниң формасын басы ҳəм ақыры болмаған оралған лента ретинде ойда сəўлелендириў мүмкин. Егер сиз шексизлик белгисиниң қəлеген ноқатынан бақлаўды басласаңыз, сиз ҳеш қашан ақырына жетип бармайсыз, бəлким мəңги сиклда даўам етесиз.

— XVII əсирде шексизлик белгиси математикалық мəниске ийе болды. 1655 - жылда оны биринши рет Жан Уоллис пайдаланған, бирақ ол ҳеш қашан бул белгини шексизлик белгиси ретинде қолланбаған. Тийкарынан Рим санларында 1000 ға тең санны аңлатыў ушын ислетген (CIƆформасында болған ).

Биз бенен бирге болың !
Каналымыз | @Ne_ushin