Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын тамағымыз аўырғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек | Не ушын

Не ушын тамағымыз аўырғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек ?

Бул органымыз аўырған ўақытта қаймақ жәрдем береди. Буның ушын күнине 2 рет азанда ҳәм кешки ўақытта 50 грамнан қаймақты жыллы етип жеў керек. Қаймақты дәрриў жемей, аўызда услап турып, әстен-әстен жеў керек.
Егер бурышты пал менен 1:2 қатнаста қосып, таңлайға сүрилсе, тамақ аўырыўына ем болады ҳәм өкпени тазалайды.
1 пияздиң қабығын 0,5литр суўға салып, 5 минут қайнатылады. Қайнатпа жыллы ҳалға келгеннен кейин аўыз ҳәм тамақ шайылады (буны тамақ тәўир болғанға шекем даўам етиў
керек).
Қызыл ләблебиниң суўын сығып алып, оның менен тамақты шайыў да пайдалы. Бул усыл бир күнде бирнеше рет тәкирарланады ҳәм 3-4 қасықтан ишиледи ( 12 күн даўамында).

@Ne_ushin