Get Mystery Box with random crypto!

Шаршаған көзлер ушын бес усылдағы пайдалы шынығыў. Көзимиз | Не ушын

Шаршаған көзлер ушын бес усылдағы пайдалы шынығыў.

Көзимизди ылажы болғанынша беккем жумып, терең дем аламыз. Мойын, жүз, бастың булшық етлерин тартамыз. Демимизди 2-3 секунд услап турамыз, кейин тез дем шығарылады. Дем шығарыўда көзлер үлкен ашылады. Бул усылды бес мәртеге шекем тәкирарлаймыз.

Көзлеримизди жумып, маңлайымыз ҳәм көз бослығының төменги бөлимлерин домалақ ҳәрекетлер менен массаж ислеймиз.

Көзлеримизди жумып, қасларды бос етип ҳәм көзлеримизди шеп тәрептен оңға ҳәм оң тәрептен шепке айлантырамыз. Бул ҳәрекетти 10 рет тәкирарлаймыз.

Бас бармағымызды нәзерден 25-30 см аралыққа қойып, еки көз бенен бармақ ушына 3-5 секунд қараймыз, бир көзимизди 3-5 секунд жумамыз, кейин тағы еки көз менен қараймыз, жумамыз ҳәм тағы басқа көзимизди ашамыз. Бул шынығыў да 10 рет қайталанады.

Бармақларымыздың ушы менен басымызды азғантай сығып, көзлеримизди он мәрте ашып-жумамыз. Терең дем алып шығарамыз. Бул шынығыў да 10 мәрте қайталанады.

Каналымыз | @ne_ushin