Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын 1,2,3 санлары телефон клавиатурасында жоқарыда, ал кал | Не ушын

Не ушын 1,2,3 санлары телефон клавиатурасында жоқарыда, ал калкуляторда төменде жайласқан ?

Телефон хәм калкулятор турли-турли қурылмалардан келип шыққан. Сол себепли олардың клавиатуралары хәрқыйлы. 1960-жыллардың басларында телефон номерин териуде санлар жоқарыдан төменге қарай ийтерилип жиберген.

Таза телефон қурылмасы жаратылғанда тутыныушы психологиялық қолайсызлық пайда болмауы ушын усы санларды жоқарыдан төменге қарап жайластырылган хәм клавиатураның таза версиясы пайда болады.

Бирақ, електрон калкуляторлар болса механик есаплау машиналары хәм касса аппаратларынан келип шыққан. Калкулятордардың жаңа дизайны жаратылыу процесинде бирқанша дизайнлар көрип шығылған хәм соңында 3 қатарлы клавиатура дизайнында тоқтаған.

Себеби, бул қурылмадағы туймешелердиң ең ықшам жайласыуын тәмийинлеп, қосымша қол ислетпестен бир қол бармақлары менен узын санларды териуге имкан береди.

Каналымыз | @ne_ushin