Get Mystery Box with random crypto!

Шашлар ушын ең жақсы витаминлар Витамин Б өсиўди сезилерли | Не ушын

Шашлар ушын ең жақсы витаминлар

Витамин Б өсиўди сезилерли дәрежеде активлестиреди, шашларды жылтыратады, тегис етеди. Б8 витаминин қабыллаў шаш төгилиўди тоқтадады, Б9 болса, ерте ақ шашлар пайда болыўының алдын алады.

Витамин Е қан айланыўын активлестиреди, қанды кислород пенен тамийинлениўине жәрдем береди. Шаш түбирлерин беккемлеў, олардың өсиўин тезлестириў имканиятын береди.

Витамин А зыянланған шашлардың дүзилисин, қайта тиклеў ушын зәрүр болып, оларды және де еластик ҳәм беккем етеди.

Егер сизде морт ҳәм қурғақ шашларыңыз бөлинип кеткен болса, бул витаминларди алың ҳәм бир айдан кейин шашларыңыздың жағдайы сезилерли дәрежеде жақсыланғанлығын сезесиз.

Ц витамини шаш түбирлерин беккемлейди ҳәм қорғайды.

Каналымыз | @ne_ushin