Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын төмендеги өнимлерди аш қарынға жеў мүмкин емес? Тез | Не ушын

Не ушын төмендеги өнимлерди аш қарынға жеў мүмкин емес?

Тез тайяр болатуғын азанғы аўқатлар. Углеводларга бай, тез таярланатуғын өнимлер қанда қант муғдарын демде асырып, кейин болса түсирип жибереди ҳәм усының себебинен аш болыў процесси жүзеге келеди. Бул аш болыў узақ ўақыттан кейин емес, бәлким 2 сааттан кейин пайда болады.

Кофе. Азанда 1 стакан кофе ишиў әжайып, бирақ аш қарынға ишиў бул зыянлы есапланады. Кофе қурамындағы кофеин асқазан ширеси ислеп шығарылыўына алып келеди және бул жағдай ҳеш қандай аўқат жоқ болған асқазанда, асқазан силекей қабаты зыянланыўына яғный гастритке алып келеди.

Ёгурт. Аш қарынға қабыл етилген ёгурттың онша зияны жоқ, бирақ пайдасы да жоқ. Ең тийкарғысы, бул өним қурамында ас сиңириўде қатнасатуғын пайдалы бактериялар бар. Бирақ олар пайдалы қәсийетлерин тек ғана инсан тоқ болғанда көрсетеди, аш болғанда болса керисинше тәсир етеди.

Каналымыз | @ne_ushin