Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ RENESSANSÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaq_renessansi_xxi — QARAQALPAQ RENESSANSÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaq_renessansi_xxi — QARAQALPAQ RENESSANSÍ
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 989
Kanaldan açıklama

"Qaraqalpaq Renessansı" kitapxanasınıń telegram kanalı.
Kanal tiykarshısı:
Jetes Dáwletbaev
Baylanıs:
@QR_XXI_BOT
Instagram:
instagram.com/QARAQALPAQ_RENESSANSI

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

2

2 stars

0

1 stars

0


En son Mesajlar 30

2021-10-12 16:02:14 Assalawma áleykum. Qaraqalpaqsha kóp isletiletin biraq kópshilik qáte jazatın sózlerdi atyip jibere alasizba
704 viewsJETES DÁWLETBAEV, 13:02
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 18:42:12
Qátesin tán alıp, keshirim sorawǵa boladı ekenǵo.

@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
1.7K viewsJETES DÁWLETBAEV, 15:42
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 18:39:12
@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
1.2K viewsJETES DÁWLETBAEV, 15:39
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 18:36:51
Betin basıp turǵan smaylik!

@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
1.0K viewsJETES DÁWLETBAEV, 15:36
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 17:48:45 Meniń atım Jetes, men terrorshı emespen! @QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
969 viewsJETES DÁWLETBAEV, 14:48
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 17:33:22 Meniń atım Jetes, men terrorshı emespen!

@QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI
964 viewsJETES DÁWLETBAEV, 14:33
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 17:29:06
Қарақалпақ тилин хурмет етейік

@qaraqalpaqstan_tv
665 viewsJETES DÁWLETBAEV, 14:29
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 14:51:34 Жағдай үйренилди ҳәм түсиник жумыслары алып барылды Сурхандәрья ўалаятынан келип Қарақалпақстан медицина институтының 2-курсында оқып атырған студент жигит «BBM TAYARLIQ KURSI» Telegram чат топарында Қарақалпақ халқының атына қопал сөзлер менен жаман…
930 viewsJETES DÁWLETBAEV, 11:51
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 14:45:48 Жағдай үйренилди ҳәм түсиник жумыслары алып барылды
Сурхандәрья ўалаятынан келип Қарақалпақстан медицина институтының 2-курсында оқып атырған студент жигит «BBM TAYARLIQ KURSI» Telegram чат топарында Қарақалпақ халқының атына қопал сөзлер менен жаман пикир билдирген жазыўлары тарқалған еди. Бул ашынарлы жағдай жүз бергени ҚМИ коллектив ағзаларын қатты ойландырды. ҚМИ студентиниң айтқан сөзлери жокары оқыў орнында билим алып атырған адам ушын жараспайтуғыны сөзсиз.
Усы ўақыя бойынша ҚМИ да институт ректоры басшылығында студент жаслар қатнасыўында сәўбетлесиў болып өтти. Бул машкала себеплерин үйренгенде төмендеги жағдайлар анықланды – КМИ 2 курс студенти өзи ихтиярсыз «BBM TAYARLIQ KURSI» Telegram чат топарына қостырылған. Оныӊ химия пәни бойынша басқа жигит пенен пикир алыскан хат алысыўына шеттен кыз бала қосылып, бул пикир алысыў кейиншеликте түсинбеушиликке алып келген. Еки тәрептенде әдеп-икрамлылық қағыйдалары бузылган. Бул жөнинде студентлер өз пикирлерин: «Социал тармаклар толық тексттен негатив жерлерин үзинди етип терип қойды» деп билдирди. ҚМИ студенти Telegram мессенджеринде айтқан сөзлери ушын Қарақалпақ халқынан кеширим сорап шықты.
Лекин, ректорат тәрептен бул жағдай «Айырықша жағдай» деп есапқа алынды, Институтта студентлерге тәрбия, үгит-нәсият жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги нәзерге алынды. Бул жағдай кайтадан такрарланбаўы ушын, ҚМИ Руўхыйлық бөлими баслығына тийисли тәртипте шара көрилди, машқалаға себепши болған студент Хусанов И. студентлер қатарынан шетлестирилди.
Ректор ҳәм ҚМИ администрациясы, деканат тәрепинен студентлерге ҳәзирги Өзбекстанда жүз берип атыған унамлы өзгерислер, елимизде алып барылып атырған сиясат, Жаӊа Өзбекстан, Жаӊа Каракалпакстан стратегиялық бағдарламалары түсиндирилип ҳәм онда миллетлер ортасында татыўлық, бир-биреўге деген ҳүрмет ҳәм дослық қатнасықларды беккемлеў ҳәр бир саналы инсанның миннетли ўазыйпасы екенлиги, миллетлер арасында аўызбиршиликти бузыў, түрли қарама-қарсылықларды келтирип шығарыўға болған ҳәрекетлерге жол қоймаў жөнинде кең түрде түсиниклер берилди.
Сәўбет барысында студентлер халықлар арасында дослық-татыўлық тәрепдарлары екенлигин билдирип, алдағы ўақытлары буныңдай қәте кемшиликлердиң қайталанбайтуғынлығын, ўақытты бийхуда өткерместен, билим –илим үйрениўге бағышлайтуғынын айтып өтти.

PS Социал тармак топарлар, чатлар дыккатына. Хәр бир чаттыӊ
этика принциплерин сақлаў бойынша қағыйдалары, тәртиплери болыўы тийис,. Хәр бир Чат таза ағзаға сол тәртип-қағыйдаларды еслетпе етип бериў керек. Егер хат алысыў барысында унамсыз жағдайлар болса, әсиресе сиясат жөнинде, тармақ (чат, топар) администратор жуўапкершиликти мойнына алып, модератор болып унамсыз жағдайды сапластырыўы керек деп ойлаймыз. Мәмлекетимиздиӊ раўажын, келешегин ойлаған, халкара татыўлыкты ойлаған блогер усындай етип тәртипли жумыс алып барыўы тийис деген пикирдемиз.


ҚМИ баспасөз хызмети.
427 viewsJETES DÁWLETBAEV, 11:45
Aç / Yorum Yap
2021-10-10 14:45:48
403 viewsJETES DÁWLETBAEV, 11:45
Aç / Yorum Yap