Get Mystery Box with random crypto!

Мениң ертеректе жазған қосығым. Сәл жөнленген халы. Сәнесине қ | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Мениң ертеректе жазған қосығым. Сәл жөнленген халы. Сәнесине қарарсызлар

Устаз

Қарап көрдим хәр инсанның исине,
Киятырман көп нәрсени түсине,
Егер устаз болмағанда әлемде,
Ақыл енер дейсиз қай бир кисиге.

Жүрер едик сөз жазалмай қағазға,
Гәпимизди жеткералмай биразға,
Устаз болған бул заманның өзинде,
Тарыйхын биле алмай кеткенлер азба.

Сол ушын мен қәдирлеймен узтазды,
Олар шөлден билим булағын қазды,
Есин елес билген киши балаға,
Өзинде бар билимди уйретип азды.

Ким устазсыз адам болып кетипти,
Тәлим алмай ким алымлық етипти,
Кимлер қане жеке өзи гүресип,
Ойлаған бар арзыýына жетипти?

Мен устаздан көп нәрселер үйрендим,
Берген бираз илимлерин ийгердим,
Өмиримде орны бөлек болған соң,
Келер мениң "устаз уллы" дейбергим.

Әзиз устаз, миннетдарман өмирде,
Аман болың жаслар ушын хәр дайым,
Хәтте өзим устаз болып кетсем де,
Мен бир сада оқыýшыңыз болайын.

Бабаниязов Қыдырнияз
11.07.2015

Каналға ағза болың
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96