Get Mystery Box with random crypto!

QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ Q
Telgraf kanalının logosu qaraqalpaqadebiyati — QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Kanal adresi: @qaraqalpaqadebiyati
Kategoriler: Kategorize edilmemiş
Dilim: Türk
aboneler: 1.16K
Kanaldan açıklama

《Poeziya! Ol ne? Altın ba, dúr me?
Bolmay ma olsız da ómir súrmege?》-
Der birewler. Durıs ģoy. Jasawģa boladı.
Máselen, haywanlar she? Jasamay júr me?
Поэзия шайдалары ушын @keuylge_zhol 🪁

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

0


En son Mesajlar

2022-08-27 13:11:49 https://t.me/ustazhamhauesker
492 views10:11
Aç / Yorum Yap
2022-08-27 13:11:48 https://t.me/adebiyaziq


Әдебият хәм шайырлыққа қызықсаңыз әлбетте ағза болың! Пайдасы мол!
467 views10:11
Aç / Yorum Yap
2022-08-18 14:21:36 ДЫҚҚАТ ! ДЫҚҚАТ!
Ҳүрметли "Қарақалпақ айтысы" топарының ықласбент оқырманлары ҳәм айтыскерлери!!!

Жақын арада қарақалпақ әдебиятының уллы классик шайыры Бердақ бабамыздың туўылғанына 195 жыл толыў мүнәсибети менен топарымызда "ТАРМАҚТАҒЫ АЙТЫСКЕР" таңлаўы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!
Бундағы мақсетимиз:
уллы бабаларымыз салған бул жолды бүгинги күнде даўам етиў , соның менен бирге бүгинги күндеги айтыстың жаңа түри болған социал тармақтағы "Қарақалпақ айтысы"ның бир қанша қәлеми ысылған айтыскерлерин журтшылыққа таныстырыў болып есапланады .

Таңлаў шәртлери:

1. Жуплықлар белгиленген ўақыттан кеш қалмай айтысқа қатнасыўы;

2. Белгиленген теманы ашып бериўге ҳәрекет етиўлери, тема дөгерегинде айтысыў;
(хәзил дәлкек пенен бир-бириниң портретин жаратыў, ҳүрмет, сыйласықты, мәдениятты сақлаған ҳалда ҳәзиллесиў);

3. Белгиленген ўақыттан кейин жазылған қатарлар есапқа алынбайды (техникалық себеплерге байланыслы 10минутқа шекем ўақыт қосып бериледи);

4.Тил тазалығына әмел қылыў, бир тилде жазыў (Зәрүрлик болса сырттан кирген сөзлерден пайдаланыўға болады );

5. Жуплықлар айтысы дәсме-дәс болыўы, хәзир жуўаплылық болыўы;

6.Таңлаўға қатнасыўшылар "Қарақалпақ айтысы" топарының турақлы ағзасы болыўы шәрт !

Таңлаўға асығың ! Қәўендерлер тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғаларды қолға киритпекши болсаңыз,
Дилбархан Айтжанованың
жеке бетине (личкасына) жазған ҳалда дизимнен өтиўиңизди соранамыз!
Таңлаўға старт
20-август күни бериледи

БӘРШЕҢИЗДИ АЙТЫС МАЙДАНЫНДА КҮТИП ҚАЛАМЫЗ!

"Қарақалпақ айтысы" топары администрациясы!!!
https://t.me/qaraqalpaq_aytisi
1.1K views11:21
Aç / Yorum Yap
2022-08-13 22:28:58
Қосықларымды сизлерден еситиу бул улкен бахыт!! Журегиме өзгеше мийирим, жылыу болып кирдиңиз! Мен негизи мийиримге шөллеген екенмен!!
Мен сизлерди танымай-ақ сағынған екенмен
Мен сизлерди қыймай қошластым
Бозатау, Шоманай, Қоңырат шет шет районлардан келген ыхласбентлериме алғысым шексиз
Бахыт дегени мумкин итибар хәм ыхлас шығар? Ким билсин!
Мениң бахытыма сизлер екен-дә жетпей журген ⚘️

@keuylge_zhol
1.4K views19:28
Aç / Yorum Yap
2022-08-13 22:28:58
Ең жақсы сорау ийеси, хәмде қосықларымды монолог етип оқыған мийманларыма миллий нағысларымыз тусирилген естелик сауғамды бердим ⚘️ Жудә қууанышлыман Мени умытпайсыз деген умиттемен

@keuylge_zhol
894 views19:28
Aç / Yorum Yap
2022-06-23 17:57:13 БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ

Кешириңлер,усы мениң ойымша,
Ҳағын айтсам дәрриў демең "қойыңш,а!",
Бир тандыр бар еди аўыл бойынша,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы

Гезеклесип сыйласықта жаўысқан,
Уўы-зийни қурысып-қылқаўысқан,,
Бир хожалық адамындай шаўысқан,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Сасып жатқан сүзбелери тулыпта,
Балалығым көз алдымда турыпты-ә!
Ҳәтте үйге қыстырыў жоқ қулыпта,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Қоңсы-қоба зат алып,зат берискен,
Қушақ ашып, жадырасып көрискен,
Гези келсе жарты нанды бөлискен,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жасы үлкен ер-зайыпқа урысқан,
Тәртип берсе қайтадан үй қурысқан,
Елдиң аўызбирлигине турысқан,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Ҳәзир гей жас жубай гәпти алмайды,
Бет жыртысса бир-биринен қалмайды,
Жетим баллар қәйтер нәзер салмайды,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Бири ҳәр ай алиментти ширитер,
Бири шалқып бойдақлықты жүритер,
Сайт көбейди жәмийетти иритер...,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Енди шын ашық боп тозып-азыў жоқ,
"Қызкеткен"ди қолың менен қазыў жоқ,
Аббаз,Ибрайымдай пәтли жазыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жигитлерге күнде атта қуўыў жоқ,
Ҳақты ойлап өз нәпсинен суўыў жоқ,
Қатынларға артық-аспай туўыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жолбарыстың жүрегине жериў жоқ,
Оқжай тартып қулашыңды кериў жоқ,
Алланияздай қолдан жай сап бериў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Туўысқанға қол созсам деп барыў жоқ,
Емиренип,дәртлесип тис жарыў жоқ,
Фарҳадтай суў әкелиўге қарыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Сейдемет ХОЖАМЕТОВ.
{Бүлбүлзибан}.
23.06.22.
471 views14:57
Aç / Yorum Yap
2022-06-16 09:28:37 Әкеге хат!

Толыспады мениң бала кеўилим,
Жыллар бойы үнсиз өзиңди куттим,
Билемен пуш қыял излеп келиўиң,
Әкежан балаңды қалай умыттың?

Сабырға үйретти мени сенсизлик,
Қаның тамырымда, өзиң жырақта,
Саған деген үмит жетпес шексизлик,
Өкпелеп, жек көрдим, күттим бирақта.

Ижаралы үйлер, суўық төсеклер,
Гейде аш, гейде тоқ шүкирим болды,
Анамның изинде дөҳмет өсеклер,
Көз жасына мениң көзлерим толды.

Балалық сағыныш, аппақ арзыўлар,
Бәрҳә сен тәрепке шақырар
еди,
Түсимде дийдарың, қушақ ашыўлар,
Оянсам сағыныш ах урар еди.

Өзиңсиз жолымды табайын қалай?
Өз жолын билгенлер қулатты мени.
Жығылдым, сүрниктим өмирде талай,
Бирақ тек сенсизлик жылатты мени.

Бәлким жасың өтип, ғаррылық басып,
Дәрманың болмастан, наўқас шығарсаң,
Бәлким бизди таслап таўлардан асып,
Өкинип халыңнан талған шығарсаң.

Айтшы сенде мени көргиң келеме,?
Қандай реңли кийим унайды саған,?
Кешигип, топырақ сиңип териңе,
Бир өмир арманды қуштырма маған.

Шадлыққа толтырып барып төриңди,
Мейли мен барайын болсаң жырақта,
Билесең-ғой Әке аты жөнимди,
Ҳеш болмаса изле мени тармақта.

Орыны толмасым сендей жалғызға,
Арнап қосық жаздым сағынып сени,
Мейли жасым таянса да отызға,
Балалар кунинде қутлықла мени..

Әке тек сенсизлик жылатты мени.

(Қосық оқырманымның тилинен жазылды)
Авторы;
Мукаррама Оразбаева
418 views06:28
Aç / Yorum Yap
2022-05-30 10:27:05
Саўап жолында бирлесемиз азизлер!

«Ким бир жақсылық қылса, оның ушын (ислеген жақсылығының) он есеси (көбейтип) бериледи» (Анъам сүреси, 160-аят).

1 июнь ҳалық-аралық балаларды қорғаў күнине арнап командамыз бенен имканияты шекленген (нәгиран) балалар ушын байрам дастурханын жайып, оларға саўғалар үлесиўди нийет еттик.

Усы саўаплы исти баслаў ушын @Lovonteer командасы қайырқомлық жыйынын ашқанын жәриялайды.

Карта мағлыўматлары:
Click, PayMe
9860600414242104 ХУМО
8600490141923243 УЗКАРТ

Дослар, ҳәттеки сизиң өткермекши болған 1000 сўм пулыңызда биз ушын әҳимийетли!
Бәлким бул сиз ушын 1000 сўм болыўы мүмкин бир-ақ, 1000 сўмнан 500-1000 адам өткерсе үлкен жәрдем болады
Ислеп атырған қайыр-садақаңыз сизге мың есе болып қайытыўна исенемиз

#БизБиргемиз

Бизди бақлап барың
@Lovonteer
418 views07:27
Aç / Yorum Yap
2022-05-14 17:46:12
Керек емес.
автор Т.Қарлыбаев
21.10.2020жыл

Шалып жығып, кайта турып үйретпеген,
Өз арбамды аўырлатып сүйретпеген,
Аўыртпаса жүрегиңди бүйрек пенен,
Бундай ҳалсыз душпан маған керек емес.

Көргенимде бар денемди лаўлатпаса,
Жүрегимди қысып алып таўлатпаса,
Ышқы менен қыялымды жаўлатпаса,
Жылыўы жоқ сезим маған керек емес.

Пәс ис қылсаң, келип саған мин тақпаса,
Жаралансаң, оннан қосып қан ақпаса,
Барыңда бар, тарыққанда тас тақласа,
Нәмәрт болған, ўақытша дос керек емес.

Аўзым майлы, тек дәўранды сүрдиртсе,
Мәслик пенен тек ҳәзликти билдиртсе,
Көз жас шықпай тек дүньяда күлдиртсе,
Мәниси жоқ өмир маған керек емес.

Мазасы зор, дәрьясында өсер балық,
Садалығы басым болған бизиң халық,
Суўлар кеткен теңизинен, дузы қалып,
Қалпағы бар, жери еле бөлек емес,
Буннан өзге Ўатан маған керек емес.
348 views14:46
Aç / Yorum Yap
2022-05-03 01:01:52 Достым Шахзатқа хат

Жазмыштан озмыш жоқ,
Қылынбаған қылмыс жоқ,
Түспей тилден Алламыз,
Оразада молламыз,
Ҳайыт келиўден ҳайт қойып,
Бәрин бенделикке жойып...
Шәке, буны нетсек болар,
Бир дүзелип кетсек болар…

Биз-масқарапаз, өмир-цирк,
Қылған бар әмеллер ширк,
Тиймей киси зейнине,
Насақ ерер кейниңе,
Болады бундай, елшилик,
Гүзени былғар бир ширик,
Жол ортаға жеткенде,
Шөл ортаға жеткенде,
Кәрўан тарқап кеткен бе???

Аман өтти бирлесип,
Нух пайғамбар кемеси,
Ала аўызлық символы,
Ерназардың геллеси!
Ғайратсыз жүрген ғайбар көп,
Иске аспас жойбар көп,
Қаракесекти яд билип,
Гимнди билмес гөрбар көп.

Не көп ҳәзир диншил көп,
Ақыл айтар сыншыл көп,
Басқан ҳәр қәдемиң гүнә,
Салған ҳәр нәзериң зинә,
Қалай да былай бул заман,
Ашылмаған тың заман,
Удайы заман, ырзаман,
Қудайым саған ырзаман.

Эстрадаңда мың жулдыз,
Даўытбайың шын жулдыз,
Тырмасып төбе мине бер,
Даўытбайың шың жулдыз!
Әдебиятта бирақ аспан кең,
Айталмас ҳешким «паспан мен!»
Айталмас ҳешким «Баспан мен!»
Жары жолда-ақ қашқан көп,
Өзинше аспан ашқан көп…

Сондай Шәке, усы қызық,
Айтты деме иши қызып,
Айып көрме шағынсам,
Сен қудайға жақынсаң,
Жуўмақланар ораза,
Ойларым бар биймаза:
Шынжырын шешер шайтанлар,
Қалмаған жерде пайғамбар…

А. Дарменов
Апрел-май, 2022


@Allayar_Darmenov
820 views22:01
Aç / Yorum Yap