Get Mystery Box with random crypto!

*** Мен билемен қайтасыз бир кун... Уйқыңыздан оянып әсте, Ший | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

***
Мен билемен қайтасыз бир кун...
Уйқыңыздан оянып әсте,
Шийрин туске мени салса тун,
Өткен бахытлы кунлерди еслеп,
Мен билемен. Қайтасыз бир кун.

"Шайыр" десе оң болып тусим,
Исмим шығып шығыс тәрептен,
Илхам перим болғаның ушын,
Тырналардан жолласам сәлем,
Мен билемен қайтасыз биркун.

Ядға тусип менлик әрманың,
Жаз кунинде тоңдырып аяз
Болсадағы мың қыз пәрмана,
Қәлбиңизде жайнамай қуяш.
Бир кулкимди жойтасыз биркун.

Айнаңыздан шытырлап таңда,
Жауып өткен жамғырды тыңлап,
Ынтықтырып бир сезим сонда,
Сууретиме қарап сыбырлап,
"Сағындым" деп айтасыз бир кун.
*
Қәлбиңизге кирген ғайыбана,
Сап ышқыңыз болып улгердим.
Бир мен ушын илахый бағдан
Ең сулыуын терип гуллердиң
Менлик болып қайтасыз бир кун.

Мен билемен қайтасыз биркун,
Хақ кеулиме болып мунәсип,
Бундай уллы мухаббат ушын
Тарлық етип Ташкент қаласы

Көзлериме
қайтасыз
бир кун...

Сарбиназ Айтмуратова
Сентябрь.2021ж