Get Mystery Box with random crypto!

КӨРДИМ Дунья жалған бирақ көргенлерим шын, Бермеймен бәрине м | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

КӨРДИМ

Дунья жалған бирақ көргенлерим шын,
Бермеймен бәрине минди тағып сын,
Қай бирин айтайын көргенлеримниң,
Сан санағы жоққо олар миллион ~ мың.

Көрдим , мийнет етип алғыс алғанды,
Қайыр ислеп мутқа жай да салғанды,
Көрдим, хызмет етпей оған буйырып,
Байсымақ адамша болып қалғанды.

Көрдим , жақсыны да жаманды тойда,
Кеўилли сезимде куўаныш ойда,
Көрдим , тойып алып қутырғанларын,
Көрсетип ҳаммеге сауашты " война"

Көрдим , ана турып бала кеткенин,
Жаслайынан ажел алып кеткенин,
Бул дуньянын қызықларын көреалмай,
Бийпаян дуньяны тәрик еткенин.

Көрдим, өтирикши жүрген мақтаншақ,
Олар сеннен алдап~суўлап алғанша ~ак,
Көрдим, сөз берип сөзде турғанды,
Батыр жүрек олар емес жасқаншақ.

Көрдим , туўысқанды үйден қуўғанды,
Дунья ~ деп жан алып алқым буўганды,
Көрдим , айырылып сол жигеринен,
Көз жасына кейин өзин жуўғанды.

Көрдим , саўдагердин алдап сатқанын,
Нобай пулға өш боп жанды жаққанын,
Көрдим, тәрезиден алдап жеп биреў,
Гүнаны арқалап мыйлық батқанын

Көрдим," балам "~ деп әке, отқа жанғанын,
Сол баласы не күйлерге салғанын,
Көрдим , ақыл ~ зайып болған акени,
Билдирмей жат көзге байлап баққанын.

Дүнья жалған бирақ, көргенлерим шын,
Бермеймен бәрине минди тағып сын,
Кай бирин айтайын көргенлеримниң,
Сан санағы жоқ қо олар миллион ~мың.

ДИЛБАРХАН