Get Mystery Box with random crypto!

#Ностальгия Шөпшекке шыққан шынлық гәплер (Студентлик жыллард | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

#Ностальгия

Шөпшекке шыққан шынлық гәплер
(Студентлик жылларды еслеў)

Қоллар қабарып, қаўжырап еринлер,
Изде қалды қатал пахта теримлер,
"Пахта-билим булағы", "Пахта-пирим"лер
Бурсаң нақыллар да бурылады-ай.

Күнлик норма 40-50 кило дер,
Жулдыз санап тергизер жетпесе егер,
Пахтаға шықса қызлар комбайн-шебер,
Тахтаға шығып тек жарымады-ай.

Түнде жыйылысып гөрек ашыўлар,
Дәрья кешип қаўын-ғарбыз тасыўлар,
Колоннаға көз тигип, ақыр қашыўлар,
Бес күнлик берип турса налымады-ай.

Биреў аспаз, суўшы тағы качегар,
Ошақта пискен аста бир нәше бар,
Жоқ қанға жалтақланған сол пешше бар,
Кешки аўқатқа келер, танымалы-ай.

Ақ алтынымыз деп алдарқап журтты,
Муғаллим байрамын атызда күтти,
Қабат нәскийлерден ызғарлар өтти,
Бир аўылдан бир тримол табылмады-ай.

Күн қысқарды, норма 40, тезирек тер,
Кейин өлшетесең, қызға гезек бер,
Тез-тез дискотека, костёр-гештеклер,
Аўылдың баллары жабылады-ай.

Тырнақ астын тесип пахта путағы,
Жаз келсе шығады тағы отағы,
МОТ киятыр десе салып шатағын,
Тыпырлап қуўысқа тығылады-ай.

Жамғырда қалып, қалтырап қоллар,
Ылайдан тайғанақ ғаўаша жаллар,
Пахтакешке арналған гөне тамлар,
Тамақ писсе табақ алып жуўырады-ай.

Зериккенде баллар шаўып картасын,
Гөрек атыспақ гә атыз ортасы,
Көтерисип қызлардың партүк, қалтасын,
Көп муҳаббат сол жерде туўылады-ай.

Ай-хай, аман болың, пахта атызлар,
Қара шайын қумсап шәҳәрлик қызлар...
Ертек емес, инилер, бул, нан-дуз бар,
Айтсақ шөпшек, еситкен жалығады-ай.

Басыңыздан боз думан арығаны-ай.

Аллаяр Дарменов,
05.10.2021

Канал: @Allayar_Darmenov