Get Mystery Box with random crypto!

Сезим сыйқыры Сыр бермес, қулақ турмес сөзиме. Кирип келдиң р | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Сезим сыйқыры

Сыр бермес, қулақ турмес сөзиме.
Кирип келдиң рухсатсыз жас кезиме.
Нәзер таслайғойсам қаллы жузиңе.
Мен өзиңе сыйқырланып қалармедим.
Кешлеримде терең ойға талармедим.

Ай жузли Жулдызсаң жанып турған.
Ләблериңнен палдың өзи тамып турған.
Периймеди хаслың сениң барып турған.
Бар илхамым тек өзиңнен алармедим.
Мың қарасам жанарыңа тоярмедим.

Көз тиймесин тилге келмес тәрийпиң.
Жамалыңды дуния жузи таныйтын.
Мен боларман сениң жалғыз ғарийбиң.
Мен болмасам бул дунияға келермедим.
Аспанымда нурың шашып турармедиң.

Көрмесемде ақылым кетти басымнан.
Суығыңда өзим бахар паслыңман.
Кегейлимде өскен гулдей хаслыңнан.
Мангиликке сыйқырланып қалармедим

Жахангер Жумамуратов