Get Mystery Box with random crypto!

Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим! Туўылдым жолбарыслар жасағ | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Канал: @X_Dauletnazarov