Get Mystery Box with random crypto!

Мен менен сууретке келеди тускиң... Сезимди умыттың бәлким ме | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Мен менен сууретке келеди тускиң...

Сезимди умыттың бәлким мениде,
Хукимине қалдырдың бир салқын гуздиң.
"Сулыулар" пәрмана болған демиңде,
Мен менен сууретке келмейди тускиң.

Ең бир таза жери едим қәлбиңниң..
Маған аңлатқандай жалғанлығыңды,
Бир куни аңлайсаң узын өмириңниң,
Ең сулыу байрамы болғанлығымды.
**
Тунги губелеклер қылмаса опа,
Тентек журегиңе өтпесе сөзиң.
Жабылған жараңды тырнап жортаға,
Мени көрсетеди телевизорың.
Турмыс тәшуишине қалсаң оралып,
Мың бир есап санақ кетпей ойыңнан,
Жыллар... Узақласып кеткен аралық...
Бир уй сатып алсам теңиз бойынан,
Қасынан жаратсам арзыулы бағың,
Дийуалын боясам аспан реңине,
Газеталар сонда есигиң тауып:
"Шайыр усы уйде жасайды..." десе..

Сонда ақмақ кеулиң талпынып маған,
Узилген жиплериң келмей келеге,
Еле кимлигимди аңлатып саған,
Умытып барарман кимлигиңди де.
*


Өзиңди еслетип бир аппақ таңда,
Оңына айланып сен көрген тустиң,
Минберде бир қосық оқыйман сонда,
Мен менен сууретке келеди тускиң..

Сарбиназ Айтмуратова
Ноябрь.2021ж

@sen_haqqinda