Get Mystery Box with random crypto!

Ана тилимде . Жайҳун,Сайҳун еки дәрья арасы , Ана топырақ ас | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Ана тилимде .

Жайҳун,Сайҳун еки дәрья арасы ,
Ана топырақ асыраған баласы ,
Жазса сөзи,айтса ырғақ намасы ,
Ана тилим ~Қарақалпақ тилимде .

Дуньяға жүзлендиң ,тулпарға минип ,
Желбирек бес жулдыз байрағың илип ,
Жан менен бир кирген,қаныңа сиңип ,
Гимнимсең Қарақалпақ тилимде .

"Саҳраның бүлбүли ",саған ат қойған ,
Бердах бабам ,Зийўарымнан сап, ойған,
Бир мақтаса ,мийманына ат сойған ,
~Деп тәрийплер ,Аязийдиң тилинде .

Тил бузылса бара ~бара арықлар,
Тилдур мәлҳәм ,питер..жүрек жарықлар ,
Сен арқалы туўысқандай халықлар ,
Сайрап турған зибанымсаң тилимде .

Аналардың ҳәййиўисең , бесикте ,
Бала аңы қәлиплесер еситсе ,
"Ассалаўма алейкум "сең есикте ,
Көзде меҳир,тилде зикир тилимде .

Ийманымсаң түскендейин Каъбамнан ,
Ақыл еккен, сол нәресте санамнан ,
Ана тилим ,мийрасымсаң Бабамнан ,
Қосығымсаң ,Қарақалпақ тилимде .

Зульфия
Жийемуратова .
27. 11.2021ж.