Get Mystery Box with random crypto!

Келиншек Келин болып, кулип-кулип кеттиңизбе, Журегимди тилип | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Келиншек

Келин болып, кулип-кулип кеттиңизбе,
Журегимди тилип-тилип кеттиңизбе,
Жалғызлықта нелер болсам, болдым-ғой мен,
Сиз муратқа жеттиңизбе, жеттиңизбе?.

Қашан меннен танған қыздан танар кеўлим,
Жолға қарап қанар кеўлим, қанар кеўлим,
Алдыңызға ынтық болып жанар кеўлим,
Жат көшеден өттиңизбе, өттиңизбе?.

Кеўлиңизди алдыма сум жеңгелери,
Алдап жолға салдыма я ҳийлелери,
Көзиңизди алып тиллә-теңгелери,
Сеўгимизди зерлерине саттыңызба?

Мүлкиңизге не перийлер ҳәўес етпес,
Ярым , айтың, сизге және нелер жетпес,
Неге айдай жузиңизден қайғы кетпес,
Хижран дәртин сизде енди таттыңызба?

Күн батпастан есигиңиз жабылады,
Көк зулпына полат шынжыр асылады,
Жылаў менен қумарыңыз басылады,
Излеп-излеп сол зинданды таптыңызба??

Суйиклим-аў ,сол көшкиге баттыңызба?.

Мухаммад Юсуф Өзбекстан халық шайыры.
Аўдармалаған А.Қойлыбаев