Get Mystery Box with random crypto!

НЫЗАМ ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ ПРОКУРОРЛАР Әдалаттың туўын услаған беккем | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

НЫЗАМ ҚОРҒАЎШЫЛАРЫ ПРОКУРОРЛАР

Әдалаттың туўын услаған беккем,
Нызам үстинлигин бас уран еткен,
Ҳуждан шеңберинен шықпаған шектен,
Нызам қорғаўшылары Прокурорлар.

Халықтың бәрҳама мәпин гөзлеген,
Ҳуқықбузарлыққа жаны төзбеген,
Жынаятқа әдил шешим излеген,
Әдалат пасбанлары Прокурорлар.

Жынаят ислеген белшерден батып,
Қылмыскерди әдил жазаға тартып,
Берген антларына болады садық,
Заңға хызмет етиўши Прокурорлар.

Секторларда халық арызын тыңлап,
Жасаў шараятын үйренген бақлап,
Машқаланы шешип атырған мыңлап,
Мың-мың алғыс сизлерге Прокурорлар.

Халықтың дәртин өз дәртиндей билип,
Жүрипсиз үйме-үй аралап кирип,
Хызмети атырған жемисин берип,
Маманы кәсибиниң Прокурорлар.

Әдалат тәрези қолларыңызда,
Ҳеш ким тосық болмас жолларыңызда,
Қатаң тәртип оңлы-солларыңызда,
Турған ҳүкимин сүрип Прокурорлар.

"Формалар" жарасқан бойларыңызға,
Өзгерислер жаңа ойларыңызда,
Буйырсын табысың тойларыңызға,
Байрамың қутлы болсын Прокурорлар.

Байрамың мүбәрек әзиз Прокурорлар!

Ақшолпан Аманияз 08.01.2022 жы