Get Mystery Box with random crypto!

Тек өзим билемен гүнәларымды Гейде өзим қозғап намыс арымды, | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Тек өзим билемен гүнәларымды

Гейде өзим қозғап намыс арымды,
Билмей де қаламан жоқ я барымды
Жаратқаннан бөлек мына дуняда,
Тек өзим билемен гүналарымды.

Жалғызлықта кеуил сандығын ашып,
Қатемди ақтарып жан-жаққа шашып,
Дүзетиуге көп хәрекет ислеймен,
Сирә кеталмайсаң олардан қашып.

Гей биреулер болды өнерге қумар,
Қылған ислеримнен кеуили толар,
О қандай ажайып инсансыз десе,
Үстимнен муздай суý қуйғандай болар.

Базда ойланаман ийманым кембе,
Сауаптан гүнаға барыуым демде,
Масияттан* қанша қашқаным менен,
Мен тилекке қарсы бендемен бенде.

Рохмандур Алла бир атың сениң,
Мәрхаматың шексиз кәмил исеним,
Еле шықпағанша ең соңғы демим,
Аллах мийримиңнен дәмем көп мениң

*Масият - гүна

28.12.2021
Бабаниязов Қыдырнияз

Каналға ағза болың
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96