Get Mystery Box with random crypto!

Сени қызғанаман. Қас қойғандай жүзикке жүзлери, Мисли бойында | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Сени қызғанаман.

Қас қойғандай жүзикке жүзлери,
Мисли бойындай қызыл алманың,
Жулдызлардай мөлдиреп көзлери,
Сени қызғанып сүйе алмадым.

Билмейсең жүректе от жанады,
Қызлар өткенде бир қасынан,
Не сулыўлар изиңде қалады,
Шерткенде жүрек лирикасынан.

Әжайып кеўилге болмас қарамай,
Соңынан қәлбим текке сызлайды,
Өзгелерден көбинше баралмай,
Жақсы көреримди билип қалады.

Сағынышқа бөлер бул көзлерим,
Әндийшедей атадым қәлбимнен,
Саған жазған ақырғы сөзлерим,
Бийопа болып қалған дәртимсен.

Ай толысып сәўлеси таралған,
Шырайыңа нүрлар жете алмас,
Кимсесиз журтта ийесиз қалған,
Жат журтлар болдыма саған сырлас.

Көп қыйнама сен мени мухаббат,
Сен турғанда бәри маған ҳешким,
Ашық қылдырып тек бийтахат,
Мухаббаттың арзыўынан кештим.

Кәмилжан Базарбаев