Get Mystery Box with random crypto!

Жаңаланған дәрт Қыс ҳаўасы суўық, аспан түнерген Жолаўшыман | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Жаңаланған дәрт

Қыс ҳаўасы суўық, аспан түнерген
Жолаўшыман пайтахтқа жөнелген
Көлик толы сонша қызлар бирақта
Менде көз таслаўшы әдет гөнерген.

Киятырман терезеге телмирип
Зуўылдаған көринисти ем билип
(Ол сәнем жоқ, сағынғаның пайдасыз
Деген ойды қыялыма ендирип)

Аздай айра түсиргени бизлерди
Тәғдир қайта жаңалады излерди
Қорқар едим сени көрсетпегей деп
Бүгин мине қорққан исим жүз берди.

Япырмай!... Қәйтерсең дунья тарлығын
Сен миндиң де, умыттырдың бәрлығын
Нәзерлер сөйлесер, әтирап жым-жыт
Сездирип қоймағай интизарлығым.

Көзлерим шыдамнан қарыз сораған
Я дедиң бе? "күйдирейин көрағал!"
Жалт-жулт етип, ишкенемди жағардай
Дым жарасқан басыңдағы орамал.

Мейли жандыр, опасызым иркилме!
Сол қәдирсиз жүрегимди тилкимле
Ардақ етип келген соңғы үмитим
Кетсин өлип мыйықтағы күлкиңде.

Кеўилим төринен толқып жан-жырым
Ғам салады қос ийниме бар зилин
Дәрт ҳазары турса қысқыға алып
Жеткермей баратыр түсер мәнзилим.

Көлик шүйкилдиси бөлди итибар
Келинлик жеринде түсти итимал
Дәртим менен қалайын мен көликте
Эй шын бахыт сүйиклимди күтип ал!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)