Get Mystery Box with random crypto!

Достым Шахзатқа хат Жазмыштан озмыш жоқ, Қылынбаған қылмыс жо | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Достым Шахзатқа хат

Жазмыштан озмыш жоқ,
Қылынбаған қылмыс жоқ,
Түспей тилден Алламыз,
Оразада молламыз,
Ҳайыт келиўден ҳайт қойып,
Бәрин бенделикке жойып...
Шәке, буны нетсек болар,
Бир дүзелип кетсек болар…

Биз-масқарапаз, өмир-цирк,
Қылған бар әмеллер ширк,
Тиймей киси зейнине,
Насақ ерер кейниңе,
Болады бундай, елшилик,
Гүзени былғар бир ширик,
Жол ортаға жеткенде,
Шөл ортаға жеткенде,
Кәрўан тарқап кеткен бе???

Аман өтти бирлесип,
Нух пайғамбар кемеси,
Ала аўызлық символы,
Ерназардың геллеси!
Ғайратсыз жүрген ғайбар көп,
Иске аспас жойбар көп,
Қаракесекти яд билип,
Гимнди билмес гөрбар көп.

Не көп ҳәзир диншил көп,
Ақыл айтар сыншыл көп,
Басқан ҳәр қәдемиң гүнә,
Салған ҳәр нәзериң зинә,
Қалай да былай бул заман,
Ашылмаған тың заман,
Удайы заман, ырзаман,
Қудайым саған ырзаман.

Эстрадаңда мың жулдыз,
Даўытбайың шын жулдыз,
Тырмасып төбе мине бер,
Даўытбайың шың жулдыз!
Әдебиятта бирақ аспан кең,
Айталмас ҳешким «паспан мен!»
Айталмас ҳешким «Баспан мен!»
Жары жолда-ақ қашқан көп,
Өзинше аспан ашқан көп…

Сондай Шәке, усы қызық,
Айтты деме иши қызып,
Айып көрме шағынсам,
Сен қудайға жақынсаң,
Жуўмақланар ораза,
Ойларым бар биймаза:
Шынжырын шешер шайтанлар,
Қалмаған жерде пайғамбар…

А. Дарменов
Апрел-май, 2022


@Allayar_Darmenov