Get Mystery Box with random crypto!

БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ Кешириңлер,усы мениң ойымша, Ҳ | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ

Кешириңлер,усы мениң ойымша,
Ҳағын айтсам дәрриў демең "қойыңш,а!",
Бир тандыр бар еди аўыл бойынша,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы

Гезеклесип сыйласықта жаўысқан,
Уўы-зийни қурысып-қылқаўысқан,,
Бир хожалық адамындай шаўысқан,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Сасып жатқан сүзбелери тулыпта,
Балалығым көз алдымда турыпты-ә!
Ҳәтте үйге қыстырыў жоқ қулыпта,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Қоңсы-қоба зат алып,зат берискен,
Қушақ ашып, жадырасып көрискен,
Гези келсе жарты нанды бөлискен,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жасы үлкен ер-зайыпқа урысқан,
Тәртип берсе қайтадан үй қурысқан,
Елдиң аўызбирлигине турысқан,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Ҳәзир гей жас жубай гәпти алмайды,
Бет жыртысса бир-биринен қалмайды,
Жетим баллар қәйтер нәзер салмайды,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Бири ҳәр ай алиментти ширитер,
Бири шалқып бойдақлықты жүритер,
Сайт көбейди жәмийетти иритер...,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Енди шын ашық боп тозып-азыў жоқ,
"Қызкеткен"ди қолың менен қазыў жоқ,
Аббаз,Ибрайымдай пәтли жазыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жигитлерге күнде атта қуўыў жоқ,
Ҳақты ойлап өз нәпсинен суўыў жоқ,
Қатынларға артық-аспай туўыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Жолбарыстың жүрегине жериў жоқ,
Оқжай тартып қулашыңды кериў жоқ,
Алланияздай қолдан жай сап бериў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Туўысқанға қол созсам деп барыў жоқ,
Емиренип,дәртлесип тис жарыў жоқ,
Фарҳадтай суў әкелиўге қарыў жоқ,
Болалмаймыз адамлардай бурынғы.

Сейдемет ХОЖАМЕТОВ.
{Бүлбүлзибан}.
23.06.22.