Get Mystery Box with random crypto!

Ананың зары ... Ғышыр~ғышыр шыйқылдайды еденим , Ағашындай | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Ананың зары ...

Ғышыр~ғышыр шыйқылдайды еденим ,
Ағашындай толқын жойтқан кемениң ,
Эҳ балам~әә..сен "келемен"~деп едиң ,
Қайтпайсаңба ?.. ырзаласып қалайын .

Ызғарланар көз жас тамған көрпешем ,
Өз етимсең ,сен өзимди өртесең ,
Әлле қашан күл кеўилим түртесең ,
Қайтпайсаңба ?...дийдарыңа тояйын .

Қатарым жүр ақлықларын ойнатып ,
Аналарын ақ жаўлықта тойлатып ,
"Үй"де болмай ,қойдың мени ойлатып ,
Қайтпайсаңба бир рет көрип қалайын .

Жолға қарап сарғыш жүзим сабанман ,
"Сары шашқа "өр кеўилим табанман ,
Артықпа ол мендей ғәрип анаңнан,
Қайтпайсаңба?..бир нәзерим салайын .

Ақ сүтимди берип едим кем қылмай ,
Қоймап едим қурбың менен тең қылмай ,
Әке болдым гези келсе жем қылмай ,
Қайтпайсаңба ?..бир тиллесип қалайын .

Тикленип бир қаралмайман ел журтқа ,
Хабарың жоқ ,кеткендейсең жаў "жут"қа ,
Бес күнлигим барма мениң я..жоқпа ?!
Қайтпайсаңба ?..жүзиң көрип қалайын .

Жатырман тек ,муздай жерди баўырлай ,
Хабар алар , коңсы,туўыс ғаўырлай ,
Мен ырзаман....аман жүр сен аўырмай ,
Қайтпасаңда ырзаласып қалайын .

( Бир ўақыядан )

Зульфия
Жийемуратова .