Get Mystery Box with random crypto!

УМЫТПАСПАН СОЛ БИР ПАХТА ТЕРИМДИ (Қарақалпақ айтысы топары те | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

УМЫТПАСПАН СОЛ БИР ПАХТА ТЕРИМДИ

(Қарақалпақ айтысы топары темасына)

Мине тағы бир гүз нәўбетин алып
Қыраў жапырақтың жүзлерин шалып
Пахтазардың сытырлаған даўысы
Қойғандай өзиңди есиме салып

Сен студент едиң, көмекке келген
Бираз алысырақ, Нөкистей жерден
Өзиңе мениңше ана тәбият
Сын-сынбат, шырайды аямай берген

Атың да шақ түскен тилиңе бирдей
Көзлериң теңиздей, жүзлериң ҳүрдей
Бийпәрўа өткендей көринсемдағы
Кете алмас едим атызға кирмей

Саған көплер өз сезимин арнады
Кеўлиңди таппаға кимлер бармады?!
Сен тәреп қолайлап атқаны менен
Көбинше бос қайтар еди қармағы

Ал мен кесип, гөне жаптың ултанын
Ушар едим болып мисли суңқарың
Ядыңда бар шығар миңгесип қайтқан
Еки дөңгелекли темир тулпарым

Сен шәҳәр қызысаң, талғамы бийик
Сонда да қалғанман мен сени сүйип
Бир айдан соң қайтып кеттиң оқыўға
Аўылдың турмысы жаныңа тийип

Ядға түсип сен қырмызы еринли
Ашық Ойшыл қыялларға берилди
Қанша жыл өтсе де мейли арадан
Умытпаспан сол бир пахта теримди

Ниетулла (ойшыл)
02.10.2021