Get Mystery Box with random crypto!

Үзилмеген үмит ( Заманласым тилинен...) Мәўсимлер алмасып, қ | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Үзилмеген үмит

( Заманласым тилинен...)

Мәўсимлер алмасып, қағып қанатын,
Жыллар етегинде жаслық баратыр,
Өзгеге билдирмей , иштен туңилип,
Бос бесикте толы арзыўлар жатыр.

Жылап оянаман, ақшам қыйналып,
Кеўлимде дәртлерим қалды жыйналып,
Пырқылдап оятып аламан сени,
Ал сен терис қарап жаттың ойланып...


Талай ақшамларда , мен сени куүтим,
Унсиз сабырымның етегин туттым,
Ал, сен қараңғыда, түтин арасы,
Шылым менен бирге, қайғыңды жуттың...

Жөнсиз, гейде маған өкпе артасаң,
Болмаған нәрсеге даўды тартасаң,
Жаратқанның жазған жазмышы болса,
Дуняның бир кемин кимге айтасаң?..

Үзип умит жибин кетсем не пайда?
Кетпеймен, көремен, барын маңлайда,
Тилерим-арманлы қосығым болып,
Хәййиуим қалмағай мәңги таңлайда...

Мукаррама Оразбаева..
Канал: @keuylge_zhol