Get Mystery Box with random crypto!

Мен тиримен!!! (Арал теңизи тилинен) автор Т.Қарлыбаев 24.11.2 | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Мен тиримен!!!
(Арал теңизи тилинен)
автор Т.Қарлыбаев
24.11.2020 жыл.

Мен тиримен - еле ерте көмиўге,
Мен тиримен - асықпайман өлиўге,
Адамзаттың қәтеси бир теңизди,
Себеп болды жүзлеп көлге бөлиўге.

Мен тиримен - байласаң да сағамды,
Мен тиримен - буўсаңлар да жағамды,
Қашанлардур толқынларды ойнаттым,
Ҳәўеслетип Каспий деген ағамды.

Мен тиримен - дуньяға көп мийнетим,
Мен тиримен - бийкар кетти зийнетим,
Фашистлерге қарсы турған әскерге,
Азық бердим, нурлы еди нийетим.

Мен тиримен - еле жоқдур қәбирим,
Мен тиримен - инсан берди жәбирин,
Пахта егип, суўсыз мени қалдырып,
Сынасаң да еле күшли сабырым.

Мен тиримен - шығармаңлар өлдиге,
Қәдирлеңлер қумлық басқан шөлди де,
Умыттың ба?, бекиремниң мазасын,
Сол балықтан қалдырмадың төлди де.

Мен тиримен - итибарсыз қалсам да,
Байқамайсаң ҳалсиз болып талсам да,
Ғәзеп пенен ашшы дузды тараттым,
Нәзериң жоқ ашыўымды алсам да.

Мен тиримен - үмитим бар өмирден,
Жанатуғын, оттан қалған көмирмен,
Әзирейилге аңсат берер жаным жоқ,
Дизиминде ең биринши нөмирмен.

Мен тиримен - ажыратсаң да журтымнан,
Пайдаландың балық алып уртымнан,
Мине ҳәзир шала жанлы болсам да,
Байыдыңлар, ҳәтте майда қуртымнан.