Get Mystery Box with random crypto!

Сабыр еттим Бирден шыға шаўып кетпеди атым, Иркилди ығбалдың к | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Сабыр еттим
Бирден шыға шаўып кетпеди атым,
Иркилди ығбалдың келер пурсаты,
Ақшамлары өз-өзимди жубатып,
Жақсылыққа болғай деп сабыр еттим!

Өмир жолларында кирип көп тикен,
Ҳәр тәрептен мени қатайтқан екен,
Табысқа ериссем шықты қас тиккен,
Шығысып кетермен деп сабыр еттим!

Жалғызлық аўырлығын сезингенмен,
Төрт дийўал ишинде езилгенмен,
Бир сырласты табыў ушын гезип жүрмен,
Жақсылар жолығар деп сабыр еттим.

Сийрек кеўилимди түсиниўши жан,
Сөтер жан қалтамды мийримсиз ҳижран,
Ҳеш шетлеп өтпеди бизди қайғы-ғам,
Шадлығым алдында деп сабыр еттим.

Ҳикмет көп полаттай төзим, тақатта,
Қалдырмайды адамзатты уятқа,
Жетермен деп журт айтқандай муратқа,
Басқа саўда түскенде сабыр еттим!

Үмитленген есиклер де жабылды,
Аяғымнан шалыўшылар табылды,
Гә орынсыз айыплар да тағылды,
Жарыққа шығарман деп сабыр еттим!

5-декабрь, 2021
Бахытлы Сарыбаев