Get Mystery Box with random crypto!

Қорғаўшым ~ Әскер ! Сен ояўсаң....ояў таңлар атырдың , Жаўға | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Қорғаўшым ~ Әскер !

Сен ояўсаң....ояў таңлар атырдың ,
Жаўға көксиң қалқан қылып атылдың ,
Сен қанысаң ..Ерназардай батырдың ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Тынышлық тилеўшим мың~миллион жанға ,
Батырлық сиңискен әзелден қанға ,
Сол сенсең ,жан берген Ана~ Ўатанға ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Кеўли жәм бәҳәрди күтеди анаң ,
Тып~тыныш уйықлайды бесикте балаң ,
Мәртлигиң көклерге көтердик мудам ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Сен бүркит яңлысаң ,аямас жаўын ,
Халқыма сүйениш "Алип"тей таўым ,
Ҳуқуқым ҳүрметте жоқ тосық,ғаўым ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Сак~Массагет,Печенектиң ураны ,
Ғайбар руўҳлы Ата~Бабам қыраны ,
Халқым мақтанышы..саў бол мудамы !
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым~Әскер .

14~ январь Ўатан қорғаўшылары күни мүбәрек сәне ҳәмме мәрт жигитлерге қутлы болсын !

Зульфия Жийемуратова
Қоңырат районы.