Get Mystery Box with random crypto!

ЕЛИМНИН МӘРТ ЕРЕНЛЕРИ Ўатанына садық болған, қолға қарыў жара | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ЕЛИМНИН МӘРТ ЕРЕНЛЕРИ

Ўатанына садық болған,
қолға қарыў жарақ алған,
Тынышлықты етип уран
Елимниң мәрт жигитлери!

Ҳаял затын сыйлап билген,
Ана көрсе жанын берген,
Қызын үйде еркелеткен
Елимниң мәрт еренлери!

Бала шаға деп үйди ойлап,
Гезип кетер ҳәпте айлап,
Арасында тойын тойлап,
Елимниң мәрт жигитлери!

Қай исте де ҳеш қашпаған,
Жаўы келсе куўып салған,
Күни- түни арқаланған
Елимниң мәрт еренлери!

Намыс ушын жаўга бермей,
Қарындасын дауға бермей,
Гүзет етер кирпик илмей,
Елимниң мәрт әскерлери!

Қызды көрсе қыйпынлаған
Жүреклерин жаўлап алған,
Алдына көп талап қойган
Елимниң жас жигитлери!

Қосық жазар қызларға деп
Шықпас ҳеш жағына шеп
Гүл тутады жанына кеп
Каракалпак шайырлары!

Түрли жумыста аткарған,
Еки жолда көп катнаған,
Аўыр машина айдаған,
Қаракалпақ шоферлары.

Ақ халаты ийининде,
Тиймес ешким зейинине,
Берген көкирек пейилине,
Елим деген шыпакерлер.

Талап етер куни- туни,
Шыкпас еш уйде бир уни,
Излесенде жоқ қо мини,
Базы бир еркеклери.

Кирип шығып сөгинеди,
Қонақ келсе төгиледи,
Қәйын журтка көп күледи,
Сәл шәддеслеў еркеклери.

Жаслайынан шуғылланган,
Мойынлары тумарланған,
Өз байрағын қолға алған,
Өзбекстан палўанлары.

Кең сахрада Булбуллери,
Сайрағанға жүр Хүрлери,
Қаракалпақ гөззал жери,
Бар хош ҳаўаз жигитлери.

Тамақ асса қатырады,
Мыйлығынан батырады,
Изинде жок патыраты,
Қаракалпақ аспазлары.

Ҳәр үйдеги ер азаматларымыз аман болсын!
Бүгинги байрам мүбәрек ерлерге!

ДИЛБАРХАН АЙТЖАНОВА
Архивтен