Get Mystery Box with random crypto!

ҲУҚЫҚЫМНЫҢ ҚОРҒАЎШЫСЫ Толып-тасып жаздым қәлем, Ел - парахат, | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ҲУҚЫҚЫМНЫҢ ҚОРҒАЎШЫСЫ

Толып-тасып жаздым қәлем,
Ел - парахат, тыныш - әлем,
Туўры жолға баслар қәдем,
Ҳуқықымның қорғаўшысы.

Ўатан ушын желип-шаптың,
Ҳадаллықтан ығбал таптың,
Тәрепдары әдалаттың,
Ҳуқықымның қорғаўшысы.

Қыңыр иске қолды урмаң,
Жаманлыққа жүзди бурмаң,
Нызам менен болып қорған,
Ҳуқықымның қорғаўшысы.

Ел-журт ушын шаўып жүрген,
Әдил заңға қулақ түрген,
Ақ-қараны анық билген,
Ҳуқықымның қорғаўшысы.

Жети өлшеп көз-қарасын,
Айыплы алар жазасын.
Тәрезиде тасы басым,
Ҳуқықымның қорғаўшысы.

Байжан УЗАҚОВ,
28-ноябрь 2021-жыл,
Нөкис қаласы.

@bayjan_uzaqov