Get Mystery Box with random crypto!

Шегерашыға. Бауырына басып сууық қуралды, Бир жигит турады қа | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Шегерашыға.

Бауырына басып сууық қуралды,
Бир жигит турады қарап қырағы,
Бәримиз уйқыда тыныш жатқанда,
Шегерада ояу,сергек турады.

Тикенек сымлардың араларынан,
Нәзери алысқа қадалар мудам.
Көринер музлы қар жағаларынан,
Ел ушын тууылған хакыкый адам.

Сениң тилегиңди тилеп изиңде,
Қәуетер шекпекте Анаң хәм балаң.
Уатан аманлығы хәр бир сөзинде,
Сәждеге бас қояр ақ шашлы атаң.

Журтым топырағын былғамасын деп,
Бир жигит турады тәртиби қатаң.
Елим-халқым шуулап жыламасын деп,
Қырағы болмаққа шақырар Уатан.

Тынышлық дегениң теберик сезим,
Сол ушын жанын бермекке тайын.
Шегерашы қадап қырағы көзин,
Тик турар мысалы тербенбес қайың.

Жаныңа жаным шегерашым мениң,
Сен аман хәмийше елим де аман.
Қырағы болғыл ханаласым мениң,
Бизге жоламағай хеш қандай жаман.


2022-жыл. 14-январь.

Абат Крамов.

Каналымыз; @Kramov_Abat.