Get Mystery Box with random crypto!

ЖАСАСЫН ЕРЛЕР! Нәзер салсам әзел шайыр хатына Мақтап жыр арна | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ЖАСАСЫН ЕРЛЕР!

Нәзер салсам әзел шайыр хатына
Мақтап жыр арнаған ҳаял затына
Билмедим негедур азлаў қосық бар
Бул өмирде еркеклердиң атына

Гүрриң етсем тарийхтың ҳоо басынан...
Тапқанларым тәўир ҳикмет тасыған
Ҳаял заты жаратылған емес пе?!...
Ҳаслында еркектиң қабырғасынан

Китаптағы дәстан, аңыз, ертекте
Қай жуўмағын, қай шешимин көрсек те
Бәрибир соңында ақыр-ақыбет
Мүтәжлик сезеди ҳаял еркекке

Көз алдыңа келтир, ерлерсиз әлем
Әтирапта гиллең доланған сәнем
Қанша жарыспаққа шырайлансаң да
Ерсиз неге керек пардоздай бәлең?!

Ҳаялға жалғызлық бермеген пайда
Еркек жоқта, саған ким болар шайда?!
Түўел тураберер күндеги саның
Еркексиз ҳаялға көбеймек қайда?!

Сақламаққа қорғанының тынышын
Ар-намыс деп жаўға шабар қылышын
Билсең сол ерлердиң мийнет жемиси
Қазаныңда қайнап турған ырысың

Шийрин сөзиң берсе дәртке дәрмана
Атирапыңда ер болады пәрмана
Ҳаслы жумсақ минез олардың бәри
"Қызбалығы бар" демесең, сәлғана

Ҳаялдың өмирин безеўши зергер
Өткир зейни менен узақты серлер
Заманымның мәрт-баҳадыр адамы
Ҳүрметке бөленип жасасын ерлер!

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл)

12.01.2022ж
@oyshil_qosiqlari