Get Mystery Box with random crypto!

Бәхерди сағынғанман. Айқулақтай тауланып таңғы нурда. Мөлдире | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Бәхерди сағынғанман.

Айқулақтай тауланып таңғы нурда.
Мөлдиреп шық түсипди ерте таңда.
Жуусанның ийиси бар анау қырда
Сәуирдиң жели есер жағып жанға,

Өпепектиң өзгеше нотасы бар,
Билсеңиз оннан артық нама бар ма!?
Мениң ушын пасыллар атасы бар,
Бәхерге теңлескендей шама бар ма?!

Қақ жарып сол қыстағы музлы тоңды,
Ана жер жибий берер жазылысып.
Жадыраған кеуиллер күтер таңды,
Үргинде қалып кеткен қысылысып.

Жүрекке йош бергендей бәхер келер,
Қарлығаш ушып келер дәлийзиме.
Кийиктей бир сулыу қыз ғаз-ғаз жүрер,
Күлимлеп айланады әзийзиме.

Көк майсалар төбесин көрсетеди,
Бийдайлар желкилдесип атызларда.
Бағлар да ақ липасын силтеседи,
Жымыңласып күлимлер жулдызлар да.

Кеуилимде "жылт",еткен сағым өшип,
Көксиме қапашылық тағынғанман.
Биротала келдим мен бунда көшип,
Мен соныңдай бәхерди сағынғанман.

2022-жыл.15-январь.

Абат Крамов.