Get Mystery Box with random crypto!

Өзлеринше илимли, тилиме өзгерис киритиўге урынып атырған алым | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Өзлеринше илимли, тилиме өзгерис киритиўге урынып атырған алымсымақларға.

автор Т.Қарлыбаев
15.01.2022 жыл


Жанға тийип, қабағымды үйдирип,
Ғәзепленип, қолыма муш түйдирип,
Алымсымақ, өзлеринше билимли,
Илимпазлар ҳәммени тур күйдирип.

Ҳәрибимди өзгерттиңиз басында,
Кимлер турды сол ўақлары қасыңда?
Мәмлекеттиң сонша пулын сарыплап,
Писти қуртыў неге керек расында?.

Латын ҳәрип кирилиңнен сазбеди?
Оннан басқа машақатың азбеди?
Бурынғының мийнетлерин пуш қылып,
Қайсы алым «латын менен жаз» деди.

Яқшы дедик, қабылладық латынды,
Енди және нелер сизге батынды,
"Y" ди қойып "Е" ҳәриптиң алдына,
"W" деп жаздық Өзбекстан атыңды.

Үтир, ноқат қойып ҳәрип шетине,
Өзгерислер киргизип ҳәр бетине,
Әлипбени бунша тезден жаңартып,
Саўатсыз қып нийетиңе жеттиң бе?

"Әлип" ҳәм "Бе" араблардан алынған,
Ҳәриплери бейимлесип салынған,
Жеңиллетип кирилге биз өткенде,
Бир қабыллап өзгериссиз қалынған.

"Методикалық" деген сөзди таңлайман,
"Усиликалық" ты енди қалай аңлайман,
"Математика"ны "Есаптика" десе де,
Мен еситсем енди ҳайран қалмайман.

Эй алымлар сәл қайтыңлар изиңе,
Бул таяқтың ушы тийер өзиңе,
Оқыйман деп енди келген баланың,
Қалайынша тик қарайсыз көзине.

Сизге де бир устаз берди билимди,
Мейли излен, раўажландыр илимди,
Бирақ, лекин өтинемен, илтимас!!!!
Ўайраңламаң мениң ана тилимди!