Get Mystery Box with random crypto!

ДЕБДИҮ Шадлы демлеримиз ғамға уласты Кеүил көшесинде жылулық | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ДЕБДИҮ

Шадлы демлеримиз ғамға уласты
Кеүил көшесинде жылулық қашты
Набада жаман болсын набада жақсы
Дүйым - жүрт гәпине жарасар болдық

Бийкар шықтыма гөзлеген дәмем
Ишқы пасылының қүны пәслеген
Көксимизге мың бәхар өткенге шекем
Әрман қүсларын қамасар болдық

Саған басу айтып қолын созар жоқ
Кемтик кеүилиме зәррем толар жоқ
Мүхаббеттен күйгенлерге обал жоқ
Тарам тәшүишлерге қаласар болдық

Шәштен қайтпадық сеники жөн деп
Әбден жылыстығау гүманлы тәреп
Әзийзим ғурурлық жеңис мүбәрек !
Айралық күнлерин санасар болдық

Жүзде балқынар қайғымыз сынық
Кеште қиялларға күлкимиз сызып
Кешир қайта - қайта жатақтан турып
Таңға үйқымызды жамасар болдық

Еле көп айтысады бизди халайық
Сол пурсат үзилер жүреклер тайып
Иштен сағынамыз...жек көрип айтып
Досларды солай алдасар болдық

Жетер ..! шадланүға өзиңди шәртле
Уақыт жанымызға сүртеди дәлде
Сондада ядқа салып жиберсе хәр не
Тасада бир жылап алысар болдық

Азамат Аматов