Get Mystery Box with random crypto!

Әкемди көриўге бараман... Сағыныш тулпарын шабаман, Жоқ жерд | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Әкемди көриўге бараман...

Сағыныш тулпарын шабаман,
Жоқ жерден мың себеп табаман,
Себеби, мен бүгин төркинге,
Әкемди көриўге бараман...

Есиктен киремен ҳалласлап,
Жатқандай төримде жамбаслап,
Изимде сиңлимлер, жол баслап
Әкемди көриўге бараман...

Қыяллар ҳәр тәреп тартқылап,
Үмитти желкеме артқылап,
Бийғам балалардай шапқылап,
Әкемди көриўге бараман...

Күни жоқ, қыялдың туттырған,
Өмирим саатын уттырған.
Себеби бир соқпақ апарар,
Әкемди көриўге бараман...

Бул соқпақ...мәңгилик мәканға,
Жол баслар үнсизлик таманға.
Тек сүўрет телмирип қараған,
Әкемди көриўге бараман...

Көз жасым сел болып жүзиме,
Тиләўәт айланып тилиме.
Шүкир деп... Ертеңги күниме,
Әкемди зыяратлап қайтаман...

Мехрибан Полатовна.