Get Mystery Box with random crypto!

ЖАЛҒАН ДҮНЬЯ, АЙТ КИМЛЕРДЕН ҚАЛМАҒАН Мәңги қоным таппай Адам | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ЖАЛҒАН ДҮНЬЯ, АЙТ КИМЛЕРДЕН ҚАЛМАҒАН

Мәңги қоным таппай Адам атамыз,
"Бес күн қонақ" болған Ҳаўа анамыз,
Кетпеди ме?... ҳәтте Ата-бабамыз,
Жалған дүнья, айт кимлерден қалмаған!

Бағындырған он сегиз мың әлемди,
Ҳүкимдарлар жеңе алмай әжелди,
Жоқ па? жыйнастырған көш ҳәм көренди,
Ялғаншы бул, айт кимлерден қалмаған!

Келип- кетти саған талай патшалар,
Басып сусы, көрген адам жасқанар,
Жанға жалғаў бола алмай ақшалар,
Ялғаншысаң, айт кимлерден қалмаған!

Қурып алып жаў алалмас сарайды,
Жумсаса да,... есигине малайды,
Айландырған топыраққа талайды,
Дүньясаң сен, айт кимлерден қалмаған!

Кетер өтип..., алымлар да, даналар,
Болған жетик илаҳый да саналар,
Берсем айта, дәртиме дәрт жамалар,
Бир кем дүнья, айт кимлерден қалмаған!

Не бир батыр жаў жарағын сазлаған,
Жаўды келген айдарҳадай жалмаған,
Олар дағы, мәңги жасай... алмаған,
Пәний дүнья, айт кимлерден қалмаған!

Ҳаллыға да, ҳалсызға да бирдейсең,
"Бирин ала, бирин қула" демейсең,
Атып таңда, батқан шамда күндейсең,
Қайтар дүнья, айт кимлерден қалмаған!

Ақшолпан Аманияз 07.01.2022 жыл