Get Mystery Box with random crypto!

'ТҮСИНДИР...' Елес яки емеспекен түсим бул..?! (Айып етпе ар | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

"ТҮСИНДИР..."

Елес яки емеспекен түсим бул..?!
(Айып етпе артық кетсе исим бир...),
Бунша шырай, бунша назды қайдан алдың?!
Қолдан келсе соны маған түсиндир!

Сорауларым көп-дур еле сеннен сорар,
Назланып бир қәдем бассаң еден сынар.
Көзлериңниң бағыслары дым басқаша,
Жанды жаққан бундай қарас неден шығар?...

Баҳадыр да кеулин саған берген шығар,
Кеуилиңниң көп сырларын билген шығар.
Мына мени қызғансын деп, шырайыңды,
Аллам саған аямастан берген шығар!..

Көп сөзлерим жүрегиңе кирген шығар,
(Әй биразы, өңмениңди тилген шығар)
Сениң маған жолыққанда, бар үмитиң...
Қыялыңда шийрин ойлар жүрген шығар...

Мениң менен бәлким бахтың күлген шығар,
Сағынғанда жүрек-баўрың бүлген шығар,
Сезимиме гүман артпа ей сулыўым,
Бахтың ушын Өжет жеңин түрген шығар...

Өжет Байназаров

@qaraqalpaqadebiyati