Get Mystery Box with random crypto!

...СЕЗБЕЙСЕҢ- АЎ СЕН Айта алмай саған зинҳәр әлўидағ, Сырласы | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

...СЕЗБЕЙСЕҢ- АЎ СЕН

Айта алмай саған зинҳәр әлўидағ,
Сырласыма айланғанын гүзги бағ,
Ҳижраныңа шыдай алмай албырап,
Сени сағынғаным сезбейсең-аў сен.

Муҳаббат бул екен билсем дуўадай,
Ҳәр алған демиң де зәрүр ҳаўадай,
Айралықтан ай жүзимниң жуўадай.
Солғанлығын бәлким сезбейсең-аў сен.

Арзыў- әрманымның бәри пуш болып,
Еншиме тийгени, татлы түс болып,
Сен тәрепке, әл ҳаўада қус болып,
Ушқым келгенлигин сезбейсең-аў сен.

Жүрекке дәрт, көзиме муң уялап,
Ойларым да қушып сени аялап,
Ўақытымды қуры босқа заялап,
Қыял сүргенлигим сезбейсең-аў сен.

Есимнен аўысып, азып тозсам да,
Жалбарынып магар қолым созсам да,
Келип бир күн, ялғаншыдан озсам да,
Бары- жоқлығымды сезбейсең-аў сен.

Сүйип өткенлигим сезбейсең-аў сен...

Ақшолпан Аманияз 20.01.2022 жыл