Get Mystery Box with random crypto!

СОҢҒЫ МӘНЗИЛ Бүгин жаны үзилипти достымның Баралмадым гүзетиу | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

СОҢҒЫ МӘНЗИЛ

Бүгин жаны үзилипти достымның
Баралмадым гүзетиуге жанына
Хеш мәниси жоқ ау кеуил хошымның
Үйренип қалған екенмен ау барына

Хәзиллери жарасар еди сөйлесе
Ынтык болып еситер едим қумартып
Гәпи менен бул әлемди бөлесе
Жаманлықты кетирер еди тууартып

Жаңа истиң көзин билдим дегенде
Жабысты желкеге наукас тас қатып
Узын шашы тобығына жеткенде
Қыйдырды,разы болмай,налып,бас қағып

Шыбын жанын кемиргенде алқымнан
Шыдап билди,билдирместен кисиге
Жүзим киби солығанда солқымнан
Сездирместен қойды, тисин тисине

Соңғы күнин билгендей ақ излепти
Бир естелик таслап кетсем деди ме
Сүуретлерин дизип видео ислепти
Айралықты билдиргиси келди ме

Достым мени умытпа хеш демекши
Болғанындай болды маған ап анык
Неше мәрте болған едиң келмекши,
Дийдар қалды, ақиретке тақалып...

Кешир достым, қалалмадым гүзетип
Соңғы мәнзилиңе бара алмайман
Тек артыңда тураман ау сөз етип
Дослығыңды хеш умыта алмайман

Автор:Үмит Бижанова
@ubijanova