Get Mystery Box with random crypto!

ЕЛЕ ТАЛАЙ САҒЫНАСЫЗ Ямансаң деймисең? Кеттим сеннен жырақ Мен | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

ЕЛЕ ТАЛАЙ САҒЫНАСЫЗ

Ямансаң деймисең? Кеттим сеннен жырақ
Менсизликке көне алсаң магар шыдап
Соңын-ала, қәдиримди билип жылап
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Қарамастан қалсаң жумып көзлериңди
Көрмеў ушын мениң муңлы жүзлеримди
Кешир! Қайтарып алдым деп сөзлеримди
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Қара, қара, қара десем, қарамадың
Мени адам қатарына... санамадың
Мәмилеге кел, деўге де жарамадың
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

"Ашыў араз, ақыл дос" деп ойламадың
Ақыл зейин суўға, терең бойламадың
Менсиз қәне? Сен бийәрман тойлағаның
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Кең дүньяға сыймай ҳалың болар шатақ
Шашларыма қойған яңлы сени матап
Зибаның исмимди, такрар-такрар атап
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Ашықлық- бийдаўа дәртке шалынасыз
Сары уўайымнан липас жамыласыз
Қәсте жүрегиңе болар мәлҳам жалғыз
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Айралықтың дәрт тумарын тағынасыз
Муҳаббаттың айдаўына бағынасыз
Көзлериңнен бир-бир ушып болсам таса
Мен жаманды еле талай сағынасыз.

Ақшолпан Аманияз21.01.2022