Get Mystery Box with random crypto!

'АЙТЫЛМАҒАН БИР СӨЗ...' Ашықлар жасайды, әрман жоқ, әрман, О | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

"АЙТЫЛМАҒАН БИР СӨЗ..."


Ашықлар жасайды, әрман жоқ, әрман,
Орынлар берилсе жүректен пәрман,
Бир-бирине деген сезимлеринде,
Ҳақыйқат жасайды, ҳасла жоқ жалған...

Түнди таңға жалғап қурылар сәўбет,
"Ара алыс болса телефон бар" деп.
Сағынышын басып турыўы ушын,
Негизи оларға бул да бир әўмет...

Еркелетер қызды сөзден гүл сыйлап,
Дүньяның ең сулыў теңеўин жыйнап,
"Сен неге бир аўыз муҳаббатыңды
айтпайсаң?" деп қызды қояды "қыйнап"...

Дейди қыз: - Айтаман бәрин, тийген соң,
Әўели бул сөзге тилим үйренсин.
(Иштеги сезимлер тилге шығыўға,
Жол қоймас еди-дә қызлық ийбеси...)

Биледи жигит те бәрин... себеби,
Буларға қойылған тосық көп еди.
Егер де бир-бирин сүймесе олар,
Қалайынша барлығын бирге жеңеди...

Тусинер бирақ та, ишки қәлеўи,
"Еситсем" дегендей дәме бар еди,
Қулласы сүйгенин билгени менен,
Қыздың сол сөзине қатты зар еди...

Ҳәр таңда, уйқыдан турар алдында,
Жигит жоллар сөзин қызға жалындай,
Бир ақшам еситпей қалса сол сөзди,
Қыз жатар уйықламай ояў ҳалында...

Мен бундай ышқыға таппадым тәрийп,
Мысалы Шахсанем, мысалы Ғәрийп...

* * *

Узаққа созылды сәўбет бүгинги,
Басқаша сөзлер де, емес бурынғы.
Бул сапар қыйнамай қызды да "Айт!" деп,
Телефон жаўылды...
көзлер жумылды...

Таң атар ең соңғы Жулдызды қуўып,
Аўылда ҳәрекет, дым ерте турып,
Бир демде түнерди жигиттиң үйи,
Елге де бир хабар тарады суўық...

(Айтыўға тил бармас бундайын сөзди..)
"Пәленше жаслайын пәнийден озды.
Себебин ҳәзирше ҳешким билмейди,
Кеше ақшам жумыпты мәңгиге көзди..."

Сораўсыз исинен етсек те ғәзеп,
Илажсыз көнемиз әзелден - әзел,
Еле де анықлаў бир айтып өтсем,
Бул сондай сумлықлы әжел ғой, әжел...

Еситип қыз байғус кетти есинен,
(Бир сөзди айтыўға қалды кешиге.)
Көзинен ҳәттеки бир жас тамбады,
(Жылайтуғын еди енди несине...)

Ол қалды дос болып кеўил зарына,
Айрылып қалғандай еди барынан,
Тек ғана ишинен гүбирленеди:
"Ҳеш бир яр түспегей мениң ҳалыма!.."

Қыз ойлар, "От түссин бундай ийбеге!"
Қәбирге жақынлар қорқыў ийелеп.
Қулпы тасты сыйпалап, кеширим сорап,
Дейди қыз: "Мен Сизди қатты сүйемен!"

Эх әттең!...
Ессиз қыз... кеш еди енди.
Бул сөздиң қуны да өшеди енди!...

Өжет Байназаров