Get Mystery Box with random crypto!

Өзинсен хаял. Бесиги тербелер сенин қолында, Лалалар өседи жү | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Өзинсен хаял.

Бесиги тербелер сенин қолында,
Лалалар өседи жүрген жолында,
Мийримниң умманы сенин қанында,
Әлемниң анасы өзинсен хаял.

Көксиме орнаған намысым арым,
Кеулимди жубатар сазымда тарым,
Сен мениң уападар суйикли ярым,
Кеулимди жибитер сезимсең хаял.

Керек пе гөззаллық,керек пе қанша?!
Дүнья гөззаллығын жәмлеген сонша,
Гүллер мәсканында ашылған ғумша,
Мениң илхамымсаң,сөзимсең хаял.

Сенин менен баксам мына әлемге,
Және де өткирлик питер қәлемге,
Ғарийп болып хатлар жазсам сәнемге,
Рәушанымсаң қарар, көзимсен хаял.

Мәртлик хәм батырлық анасы болған,
Перзент хәм елиниң панасы болған,
Лалазар журтының лаласы болған,
Таудай бәлент-бәлент төзимсең хаял.

Әлемди жаратқан, қүдиретли -Анам,
Ақыл беретуғын акылгөй данам,
Анам десем сени мен де бир балаң,
Дүнья дауамшысы изисен хаял.

2022-жыл. 19-январь.

Абат Крамов.