Get Mystery Box with random crypto!

БИР ШЫМТЫМ БАХЫТ БЕР... Тəғдир жүргизсе де қырлы жоллардан, Ү | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

БИР ШЫМТЫМ БАХЫТ БЕР...

Тəғдир жүргизсе де қырлы жоллардан,
Үмидиўар етер бир татлы қыял.
Бийпəрўа, бийхабар бизиң ҳаллардан,
Мен сүйген шаҳзада таңлаған ҳаял.

Кеўил шоққысына жетпегим мүшкил,
Тырбанып келемен жан ҳалатымда.
Муҳаббат шарабын симирип ишкил,
Бахытлысаң бəрҳа ышқы тахтында.

Делбелерше сүйип,
қызғандым сеннен,
Ҳақым болмаса да
жазмыш иси ғой.
Сен де қызған оны
ҳəмийше меннен,
Сеўги - ашықлардың
шийрин түси ғой.

Оның соқпақлары
сен таман бурыў,
Ийесисең сырлы қəлбиниң пүткил.
Ол сүйген назəлим,
таңлаған сулыў,
Мени де бир демге
бахытлы еткил!

Бир шымтым бахыт бер,
бахталас ҳаял,
Бийпатпа туқымы -
ҳаслымыз нашар,
Телпекли көп деме,
бул мəзи қыял,
Ол мениң жалғызым,
жақтым нур шашар.

Сен байсаң, негедур
буны билмейсең,
Шексиз бахытлысаң -
оған ҳəмнəпес.
Муҳаббат нурынан
өнген гүлдейсең,
Рəҳим ет, тəғдирдиң
түйинлерин шеш!

Саған жалбарынсам
көрмегил əбес,
Буйрыққа көнбейди
ынтық жүрегим.
Көплер əрман еткен
дүр, гəўҳар емес,
Оның бир бағыўы,
меҳри - керегим.
Бир шымтым бахыт бер,
бахталас ҳаял...

Пəтийма МЫРЗАБАЕВА