Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин тарийхый күн: 'Жеткиншек' газетасы 90 жасқа толды. '“Ж | QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ

Бүгин тарийхый күн:
"Жеткиншек" газетасы 90 жасқа толды.



"“Жеткиншек” - Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер газетасы болып, ол узақ жыллар даўамында қарақалпақ балаларының турмысында айрықша орынды ийелеп келмекте. Газета 1932-жылдың 20-январынан баслап 1550 нусқада ески латын графикасында айына үш мәртебе шығарылып баслады. Оның биринши редакторы - Мақсуд Якубов.

1933-жылы басылым айына бес рет 5000 нусқада басылып шыға баслады, сол ўақыттағы редактор Наўрыз Жапақов еди.

Екинши Жер жүзилик урысқа дейин “Жеткиншек”ке Хожамурат Тәжимуратов, Исмайыл Султанов, Сапар Қурбановлар редакторлық етти. Урыс жылларында газета үзилиске түсти ҳәм 1958-жылы 1-январдан баслап 10000 нусқада оқыўшыларға инәм етилди. Буннан кейинги газетаға Әденбай Тәжимуратов, Перида Әбдираманова, Пердегүл Еденбаева, Әбдимурат Атажанов, Гүлнара Нурлепесова ҳәм Абдулла Ембергеновлар редакторлық етилип, басылымның тиражы 1972-жылда өз тарийхындағы рекорд көрсеткиш 39200 ге жетеди.

“Жеткиншек” газетасы 90 жыллық тарыйхы даўамында қарақалпақ әдебияты ҳәм журналистикасына талантлы кадрларды таярлап бериўши тәжирийбе мектеби болды. Бул газетада өзлериниң дөретиўшилик жолын баслаған инсанлар арасынан белгили илим ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлар ҳәм қәлеми өткир журналистлер жетилисип шықты. Олардан Марат Қарабаев, Сағыйдулла Аббазов, Клым Назбергенов, Халмурат Сапаров, Әбдымурат Атажанов, Муратбай Нызанов, Гүлайша Есемуратова, Кеңесбай Кәримов, Оразбай Әбдирахманов, Жийенбай Избасқанов, Өмирбай Өтеўлиев, Алпысбай Султанов, Яқыпбай Әжимов, Сайлаўбай Жумағуловлар қарақалпақ әдебияты ҳәм журналыстикасының ири тулғалары қатарында тилге алынады.

Ғәрезсизликке ерискеннен соң газетаның балалар ҳәм жас өспиримлер турмысында тутқан әҳмийетине айрықша итибар қаратыла баслады. Бул жылларда газета кәмил инсанларды тәрбиялаў сиясатының үгит-нәсиятшысы болып, ҳүкиметимиздиң билимлендириў системасын реформалаў жумысларына белсене қатнасты.

Газетаға 2000-жылдан баслап белгили шайыр ҳәм журналист Гүлнара Нурлепесова басшылық етип, бул дәўирде газета мазмун ҳәм сапа жағынан және де байыды. 2004-жылы газетаның көлеми А3 форматында 8 бет болып кеңейтилди. 2005-жылы болса ертеректе газета жанынан “Дилўар” аты менен ашылған клуб, усы ат пенен жас хабаршылар дөгереги болып қайта дүзилди. Бүгинги күнде дөретиўши, әдебиятқа ҳәм журналистикаға ықлас қойған жаслар дөгерекке ағза болып, жасы үлкен дөетиўшилерден сабақлар алмақта. Өйткени, дөгеректе ҳәр қыйлы байрамлар, белгили сәнелер ҳәм жыл мазмунына арнап ушырасыў кешелери, семинар -тренинглер өткериледи.

  Газетада бүгинги күнде 30 дан зыят рубрикалар, 10 нан аслам клублар жыл даўамында турақлы бериледи.

     Қарақалпақ баспасөз тарийхында дерлик барлық газеталардың атамалары бир неше мәртеден өзгерген. Тек ғана “Жеткиншек” газетасының аты 90 жылдан берли өзгерместен киятыр.
     
Зухра Исакова басшылық етип атырған газета жәмәәти бүгинги күнде де аянбай мийнет етип, республика балалары ҳәм жас өспиримлериниң кәмил инсан болыўына үлес қоспақта.

Барлық Ўатанласларымызды сүйикли газетамыз "Жеткиншек" тиң 90 жыллық юбилейи менен @QRJas_doretiwshiler каналы атынан шын жүректен қутлықлаймыз!

Каналға ағза болың:
@QRJas_doretiwshiler